ГҮЗ ҚЫC ШТАБЫ ХАЛЫҚ ХЫЗМЕТИНДЕ
PDF (Русский)

Keywords

Штабтың тийкарғы ўазыйпасы пуқаралардың мүрәжатлерин қабыл етиў ҳәм оларды тийисли мекемелер тәрепинен унамлы шешилиўин шөлкемлестириў болып табылады.

Abstract

Гүз-қыс мәўсими даўамында районымыздағы коммуникация тармақларында жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм жүз бергенде тезлик пенен сапластырыў, тутыныўшыларды тәбийғый газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеў, соның менен бирге пуқаралардың зәҳәрли гәзден зәҳәрлениў ҳәм ѳртлер менен байланыслы болған бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде район ҳәкимлигинде тийисли тараў қәнигелеринен ибәрат күни-түни хызмет көрсетиўши гүз-қыс штабы шөлкемлестирилди.

PDF (Русский)

References

Сонлықтан пуқараларымыздан зәҳәрли газден зәҳәрлениўден сақланыў ҳәм турақ жайларда жүз бериўи мүмкин болған өртлердиң алдын алыў мақсетинде, газ плитасы, жылытыў үскенелери ҳәм қазанлардан пайдаланған ўақытта қәўипсизлик қағыйдаларына қатаң әмел етиўди, турақ жайдың ишки бөлмелерине орнталыған жылытыў қазанларын ҳәм суйылтырылған газ баллонларын турақ жайдың сыртқы тәрепине көшириўди ҳәм де қазан, печь морыларын тазалатып турыўды, стандарт талабына жуўап бермейтуғын, сертификатланмаған, қолбала усылда таярланған газ үскенелери, жылытыў печлери ҳәм резина шлангалардан пайдаланбаўды соранып қаламыз.