Abstract
«Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыў бойынша Ҳүкимет комиссиясы»ның тийисли тапсырмасына тийкар усы жылдың 01-декабр күнинен 30-декабрь күнлери аралығында Республикамыз аймағында өткерилиўи белгиленген «Өрт қəўипсизлиги айлығы» даўам етпекте.
References
Ҳурметли пуқаралар, мекеме хам кархана басшылары өрттиң алдын алыў бойынша, социаллық объектлерде, мекеме-кəрханаларда, мəхəллелер аймағында, көп қабатлы хам жеке меншик турақ жайларда өрт қəўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў бойынша Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлерине жақыннан жəрдем берип, олар тəрепинен берилген көрсетпелерди өз ўақтында орынлаң.
Омириниз, ден-саўлығыңыз, жақынларыңыз ҳəм перзентлериңиз қəўипсизлигине итибарсыз болмаң.